1979-1989-жыллар аралығында Аўғанстан аймағында болып  өткен әскерий ҳәрекетлерге 65 мың өзбекстанлы жаўынгерлер  қатнасып, олардан 1500 ден асламы қайтыс болған.

Ашынарлысы, олардың көпшилиги 18-19 жаста еди.

Ал, Нөкис районындағы Тақыркөл аўыл пуқаралар жыйынынан болса бул урысқа  9 азамат атланып, ҳәзирги күни соннан  жетеўи арамызда жасап келмекте.

Бүгин  Аўғанстандағы әскерий ҳәрекетлердиң тамамланғанына 34 жыл толады. Усы мүнәсибет пенен жыйын аймағындағы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде  «Тынышлық бийбаҳа байлық» атамасында ушырасыў кешеси болып өтти.

Оған мектептиң педагогикалық жәмәәти ҳәм оқыўшылар қатнасты.

Кешеде мектеп директоры О.Шерназаров, директордың жасларды әскерий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бойынша орынбасары , отставкадағы подполковник М. Пиримбетовлар Аўғанстанда 10 жыл даўам еткен урыс ҳәм оның халқымыз басына салған аўыр мүсийбетлери ҳаққында шығып сөйлеп, елимиздеги ҳәр бир инсан бүгингидей парахат ҳәм абадан турмыстың қәдирине жетиў кереклиги  туўралы айтып өтти.

Илажда оқыўшылар тәрепинен тынышлық ҳәм халықлар арасындағы дослықты жырлаўшы қосық ҳәм тақмақлар атқарылып, бул жыйналғанларда унамлы тәсир қалдырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы