Усы жылдың 17-март сәнесинен басланған «Үмит нәлшелери-2018» спорт жарысының Қарақалпақстан республикалық басқышы қызғын басқышқа кирмекте.
Онда спорттың 21 түри бойынша республикамыздан 10 мыңнан аслам спортшылар қатнаспақта.
Спорт ойынларын ең дәслеп спорт гимнастикасы түри баслап берди ҳәм командалық есапта бириншилик Нөкис қаласы спортшыларына несип етти.
Буннан соң избе-из түрде өткерилген спорт жарысларында жеңимпазлар анықланды. Атап айтқанда, командалық есапта шахмат бойынша Тақыятас, таэквондо-ВТФ бойынша Хожели, өзбек жаўынгерлик өнери бойынша Қараөзек, футбол бойынша Төрткүл районлары командалары, бадминтон, стол тенниси, жүзиў, дзюдо, белбеўли гүрес, еркин гүрес, грек-рим гүреси, кураш, көркем гимнастика, гандбол бойынша Нөкис қаласы спортшылары биринши орынды ийелеп жеңимпаз болды.
Спорт ойынлары усы айдың 30-март сәнесине шекем даўам етеди.
Енди спроттың жеңил атлетика, туран жеке гүреси, бокс, баскетбол, волейбол түрлери бойынша жарыслар өткериледи.
Жарыс нәийжелери ҳаққында мағлыўмат берип барамыз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги