Өзбекстан Журналистлер аўқамы мәмлекетимизде журналист ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, дөретиўшилик потенциалын көрсетиўине жәрдемлесиў, ерискен жетискенликлерин атап өтиў ҳәм оларды хошаметлеў мақсетинде 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни алдыннан «Әтиргүл» таңлаўы өткерилетуғынын жәриялайды.

Таңлаўда журналистлер ҳәм мәлимлеме хызметиниң хызметкерлери 2022-жылдың 1-мартынан 2023-жылдың 20-февралына шекем ғалаба хабар қуралларында жәрияланған (телевидение, радио арқалы эфирге жиберилген, баспа ҳәм интернет басылымларында басып шығарылған кеминде 5, көби менен 7) материаллары менен қатнасыўы мүмкин.

Таңлаўға таңлаў Режеси бойынша берилетуғын материаллардың электрон варианты (ямаса силтемеси) Өзбекстан Журналистлер аўқамының рәсмий почтасы (info@jurnalistlar.uz) ямаса дөретиўшилик жумысларды қабыл етип алыўға жуўапкер Аўқам хызметкери Гүлзайнаб Зулҳайдарованың (33) 855-10-15 телефон номерине ашылған жеке телеграмына жиберилиўи соралады.

Таңлаў төмендеги он бағдар бойынша өткериледи:

  1. «Инсанға итибар темасы жарытылған ең жақсы материал ушын»
  2. «Сапалы билимлендириўдиң әҳмийетин ашып берген ең жақсы материал ушын»
  3. «Руўхый тараўда әмелге асырылып атырған реформаларды кең түрде сәўлелендиргени ушын»
  4. «Шаңарақ темасы жарытылған ең жақсы материал ушын»
  5. «Экологиялық машқалалар жарытылған ең жақсы материал ушын»
  6. Әскерий-ўатансүйгишлик темасы ең жақсы жарытылған материал ушын
  7. «ҒХҚ менен белсене ҳәм жедел ислегени ушын»
  8. «Саламат турмыс тәризин кеңнен жарытқаны ушын»
  9. «Балалар ҳәм жас өспиримлер темасы жарытылған ең жақсы материаллар ушын»
  10. «Журналистиканың раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан ҳаял»

(Таңлаўды шөлкемлестириў комитети ҳәм төрешилер коллегиясы ағзаларының усынысы менен усы номинациялардың аты өзгериўи мүмкин).

ӨзА