22-25-март күнлери аралығында Ҳиндстан мәмлекетиниң Туна қаласында ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында спорттың кураш түри бойынша өткерилген Азия чемпионатында жерлесимиз Амангүл Алланазарова 57 килограмм салмақ категориясында қатнасып, алтын медаль жеңимпазы болды. Сондай-ақ, Өзбекстан бойынша халықаралық дәрежедеги төреши Нөкисбай Дәнияров усы чемпионатта төрешилик етип қайтты.
26-март күни бул еки жерлесимизди Нөкис аэропортында салтанатлы түрде күтип алыў мәресими өткерилди.
Азия чемпионатына дүньяның 25 тен аслам мәмлекетлери қатнасып, Өзбекстан сайланды командасы командалық есапта биринши орынды ийеледи. Солай етип спортшыларымыз елимизге 10 алтын, 5 гүмис ҳәм 1 қола медальларын алып келди.
-Азия ойынлары бағдарламасына киргизилген миллий гүрес түри бүгинги күни жәҳән спорт майданында да өзиниң ылайықлы орнына ийе болмақта, – дейди Амангүл Алланазарова. Чемпионатта қарсыласларым қытайлы, ҳиндстанлы, веьтнамлы палўанлар болды. Әўмет маған күлип бағып, Азия чемпионы болдым. Елимиз байрағы көклерде желбиреди. Буннан шексиз қуўаныштаман.
Амангүл Алланазарова ҳәм Нөкисбай Дәнияров бүгинги күнде пайтахтымыздағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң тренерлери болып, жас әўладқа кураш сырларын үйретип, устазлық етип келмекте.
Еслетип өтемиз’ А.Алланазарова өткен жылдың 30-ноябринен 4-декабрь аралығында Түркия мәмлекетиниң Стамбул қаласында миллий гүрес бойынша болып өткен X8 жәҳән чемпионатының 2-орын жеңимпазы болған еди.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Дене тәрбия ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Ғ.Байниязов қатнасып, жерлеслеримизди ерискен жетискенлиги менен қутлықлады ҳәм келешекте буннан да жоқары табысларға ерисиўине тилеклеслик билдирди.
Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы