Халқымыздың көпшилиги ҳәр күни қала ҳәм район ишиндеги жолаўшы тасыйтуғын жәмийетлик транспортлардан пайдаланып, айырым ўақытлары автомобиль басқарыўшысы ҳәм жолаўшылар арасында жол ҳақысы бойынша өз-ара түсинбеўшиликлердиң келип шығып атырғанлығының гүўасы боламыз.

Жолаўшылар өзиниң транспортта бийпул жүриў ҳуқықы бар екенлиги ҳаққындағы книжкасын көрсетсе, транспорт басқарыўшылары яки кондукторлар бул ҳүжжет бизге жүрмейди деп өз-ара тартысады.

Бизлер усы мәселеге айдынлық киргизиў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы транспорт министрлигинде болып, бул сораўларға жуўаплар алдық.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 1996-жыл 30-августтағы 278-1 -санлы қарарына тийкарланып, төмендеги категориядағы пуқараларға қала ишиндеги автотранспортларда (таксиден тысқары) бийпул жүриў ҳуқықы берилген.

Атап айтатуғын болсақ, . 1941-1945-жыллардағы екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары, усы урыс дәўиринде тылда хызмет еткенлер, Аўғанстан  ҳәм басқа мәмлекетлер аймағында әскерий ҳәрекетлерде қатнасқан жаўынгерлер ҳәм Чернобыль атом электростанциясы апатшылығын сапластырыўға қатнасқанлар жәмийетлик транспорттан бийпул пайдаланыў ҳуқықына ийе. Сондай-ақ, 1-топар көзи әззи имканияты шекленген пуқаралар өз қәўендери менен бирге  бул жеңилликтен пайдаланыўына болады.

Ҳәзирги ўақытта республикамыз бойынша 2611 пуқара жәмийетлик транспортларда бийпул жүриў ҳуқықынан пайдаланып келмекте.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы