14-феврал — уллы шайыр, мәмлекетлик ғайраткер ҳәм әскер басы Заҳириддин Муҳаммед Бобурдың туўылған күни елимиз бойлап кең түрде белгиленди.
Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының Телекоммуникация технологиялары ҳәм кәсиплик тәлим факультетинде де оның өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған әдебий кеше өткерилди.
Кешеге филиал басшылары, тюторлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Филиал директорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Х.Омарова, өзбек тили ҳәм шет тиллер кафедрасының баслығы, филология илимлериниң кандидаты У.Жақсымовалар шығып сөйлеп, Бабурдың өмири ҳәм дөретиўшилиги, ибратлы жумыслары, әскерий атланыслары ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.
– Бабур бабамыз оғада қыйын турмысты басынан өткерген. Ол 12 жасында тахтқа отырған. Образлы етип айтқанда, ол бир қолында қылыш, бир қолында қәлем менен ел басқарып, Ҳиндстанда халықларды бириктирип, үлкен Бабурийлар мәмлекетин пайда еткен,-дейди медиатопар ағзасы Гүлайда Кипчакбаева.
Кеше даўамында студент-жаслар тәрепинен Бабур рубайылары оқылып, оның шығармаларының әҳмийети ҳаққында пикир алысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги