2023-жыл 1-январь сәнесинен баслап айланыстан алынатуғын салықты қатаң белгиленген суммада төлеў тәртиби енгизилген еди.

2023-жылдың дәслепки айында Қарақалпақстан Республикасында жумыс ислеп турған 1040 айланыстан алынатуғын салық төлеўши усы қатаң белгиленген суммадағы салық төлеў тәртибине өткен. Соннан, 781 субъект 20 миллион сумлық, 259 субъект 30 миллион сумлық тәртибин таңлаған.

– Усы тәртипти таңлаў исбилерменлик субъектлери ушын төмендеги жеңилликлерди береди,-дейди басқарманың жәмийетшилик пенен байланыслар ҳәм ҳуқықый мәлимлеме секторының бас инспекторы Д.Айымбетова. – Банк есап бетинен дивидент тәризинде шешип алынатуғын қәрежетлер салыққа тартылмайды.

Товарлардың есабын жүргизиў талап етилмейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги