Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 22-январьдағы «2022-2024-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында, Тахтакөпир районы Мүлк аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектеби имаратына капитал оңлаў жумыслары исленип, пайдаланыўға тапсырылды.
Усы мүнәсибет пенен мектептиң ашылыў салтанаты өткерилип, оған районы хәкимлиги, сектор басшылары, аймақ турғынлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илажда район ҳәкими Ж.Адилов ҳәм аўыл нураныйлары шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде барлық тараўлар сыяқлы билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар ҳәм қоллап-қуўатлаў ҳаққында кең түрде айтып өтти ҳәм қурылысты сапалы етип питкерген қурылысшыларға өзлериниң миннетдаршылықларын билдирди.
Буннан соң имарат алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары мектепте жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Мағлыўмат ушын айтып өетуғын болсақ, 17-санлы мектеп имараты қурылысына 4 млрд. 656 млн.сум қаржы ажыратылып, «РЕВЕРСТРОЙ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысшылары тәрепинен капитал оңлаў жумыслары алып барылды ҳәм жаңа инвентарлар менен тәмийинленди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы