Усы жылдың 23-март күни Ташкент қаласындағы Hyatt Regency Tashkent мийманханасында Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Голландияның “Elsevier” компаниясы менен биргеликте “Scopus” ҳәм “Science Direct” халықаралық илимий мағлыўматлар базаларының өнимлери ушын Миллий келисимге салтанатлы түрде қол қойыў илажы болып өтти. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар бермекте.

Илажға жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Ином Мажидов, “Elsevier” халықаралық компаниясының вице-президенти Феликс Хайест ҳәм компанияның Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан бойынша аймақлық директоры Алия Оспанова, Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги, Өзбекстан Илимлер академиясы, Жәҳән банкиниң ўәкиллери, Ташкент қаласындағы жоқары оқыў орынларының ректорлары және ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

“Илим – 2020” миллий раўажланыў бағдарламасынан гөзленген тийкарғы мақсет Өзбекстанда илимий потенциалды, жоқары билимлендириў мәкемелери профессор-оқытыўшыларының илимий изертлеў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, дүнья тәлим ресурслары, заманагөй илимий әдебиятлардың электрон каталоглары менен мағлыўматлар базаларына кириў имканиятларын жаратыўдан ибарат.

“Elsevier” компаниясы “Илим – 2020” миллий раўажланыў бағдарламасында Өзбекстанның илимий орайлары ҳәм жоқары оқыў орынлары, сондай-ақ, илимпазлардың дүнья илимий рейтингиндеги орнын көтериў, республикалық илимий журналларды “Scopus” ҳәм “Science Direct” халықаралық илимий мағлыўматлар базасы системасына киргизиў, жас илимпаз ҳәм докторантларға илимий мақалалар таярлаў және оларды жоқары импакт-факторға ийе болған басылымларда жәриялаўға көмеклесиў көзде тутылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги