11-февраль күни Нөкис районлық  Халық билимлендириў бөлимине қараслы  21-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 8-класс оқыўшылары арасында Мәмлекет ҳәм ҳуқық тийкарлары пәнинен Нөкис районы «Ҳәким кубоги» республикалық  жарысы болып өтти.

Оған республикамыздыӊ барлық қала ҳәм районларынан 50 ден аслам оқыўшылар қатнасты. Онда оқыўшылар 2 басқышта тест ҳәм жазба жумысынан имтихан тапсырды.

Таӊлаў жуўмағында 1-орынды Нөкис қаласынан Насиба Базарбаева, 2-орынды Нөкис районынан Санемгул Қалбаева ҳәм 3-орынды Шымбай районынан Дилназахан Сипатдиновалар жеӊип алыўға еристи.


Жеӊимпазларға Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ баҳалы саўғалары тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы