Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында белгили палўан, ел ардағындағы ҳүрметли устаз, халық билимлендириў ағласы ҳәм пидайысы Жақсымурат Мәмбетовтың 80 жыллық юбилейине арналған илимий-теориялық конференция болып өтти.

Конференцияға елимизге белгили ветеран спортшылар, тараў пидайылары, жоқары оқыў орынларының профессорлары, факультет деканлары, устаздың көплеген шәкиртлери, сондай-ақ, шаңарақ ағзалары, ағайин-туўысқанлары ҳәм студентлер қатнасты.

Илажда институт ректоры Байрамбай Отемуратов сөзге шығып, юбилей ийесин гүллән институт жәмәәти атынан қутлықлап, оған беккем денсаўлық, елимиз байрағын көклерге көтерип атырған шәкиртлер таярлаўдай машақатлы жумысларында табыслар тиледи.

Жақсымурат Мәмбетов 1943-жыл 10-февральда әзелден аты шыққан палўанлар ели болған ҳәзирги Қараөзек районының Қара буға аўылында дүньяға келди. 1963-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының дене мәденияты факультетине оқыўға кирип, бул жерди табыслы питкерип шыққаннан соң 1970-жыллардан баслап республикалық спорт комитетинде спорт жетекшиси, еркин гүрес бойынша тренер, билимлендириў министрлигине қараслы 3-санлы спорт мектебинде еркин гүрес бойынша аға тренер, соңынан мектеп директоры сыяқлы жумысларда жемисли мийнет етти.

Ол спортқа болған үлкен сүйиспеншилиги, тынымсыз мийнетлериниң нәтийжесинде үш түрли спорттан – миллий гүрес, еркин гүрес ҳәм дзюдо бойынша спорт устасы дәрежесине ерискен шебер спорт устасы болды.

Ж.Мәмбетовтың тараўдағы пидайы хызмети ҳүкиметимиз тәрепинен жоқары баҳаланып, Өзбекстан Республикасының «Ҳүрмет жарлығы», Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў ағласы, Өзбекстанға мийнети сиңген дене тәрбия пидайысы сыяқлы бирнеше ҳүрметли атақларға мүнәсип деп табылды.

1984-2000-жыллар аралығында Жақсымурат Мәмбетов Нөкис мәмлекетлик университети, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында оқытыўшы, кафедра баслығы, факультет деканы сыяқлы жумысларды атқарды.

Мийнет жолы даўамында көплеген шәкиртлерге устазлық етип, елимизде жоқары шеберликке ийе спортшыларды тәрбиялаўда жоқары нәтийжелерге еристи. Оның шәкиртлери бүгинги күнде спорт тараўы менен бирге халық хожалығының түрли салаларында жемисли мийнет етип, мәмлекетимиздиң раўажланыўына үлкен үлеслерин қосып келмекте.

Конференцияда институттың дене тәрбиясы кафедрасының баслығы А.Ешбаев, профессор Қ.Қощанов, Бухара мәмлекетлик университети профессоры Б.Мамутов, сондай-ақ, белгили спорт ветеранлары, пидайы устаз-тренерлер, юбилей ийесиниң шәкиртлери, факультет деканлары сөзге шығып, Жақсымурат Мәмбетовтың өмири, мийнет жолы ҳаққында жыйналғанларға мағлыўматлар берди.

Илажда белгили ветеран устаз Ю.Кулаков сөз алып, спортты раўажландырыўға қосқан үлеслерин есапқа алып «Жақсымурат Мәмбетовты Қарақалпақстан Республикасында еркин гүрес спортының атасы» деп айрықша атап өтти.

Конференция соңында Ж.Мәмбетов көрсетилип атырған усындай итибар ушын барлық шөлкемлестириўшилерге терең миннетдаршылығын билдирди.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.