Усы жылдың 9-февраль сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «11-февраль-Халықаралық илим-билимлендириў тараўындағы ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен “Илимпаз ҳаял-қызларымызды қәдирлейик” атамасында байрам кешеси болып өтти.
Оған республикамыздың илим-билимлендириў тараўында жетискенликке ерискен илимпаз ҳаял-қызлар қатнасты.
Кешени университет ректоры, профессор А.Реймов кирис сөз бенен ашты ҳәм университет ҳаял-қызларын халықаралық байрам менен қутлықлады.
Буннан соң университеттиң ҳаял-қызлар кеңеси баслығы И.Сейтназарова, профессор-оқытыўшылардан Е.Қутыбаева, А.Бердимуратова, Р.Баллиева, Г.Утемуратова ҳәм тарийх факультетиниң 4-курс студенти, Президент стипендианты Х.Утемуратовалар шығып сөйлеп, елимизде ҳаял-қызларға қаратылған итибар ҳәм ғамқорлықлар ҳаққында айтып, бул имканиятлардан жасларымыз нәтийжели пайдаланыўы кереклигине тоқтап өтти.
Илаж илимпаз ҳаял-қызлардың өз-ара пикирлесиўи менен даўам етти.
Гулчеҳра Айтмуратова,
Бердақ атындағы ҚМУ дың журналистика
тәлим бағдарының 3-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги