Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 6-сентябрьдеги 500-санлы қарары тийкарында Төрткүл районындағы 13 мәкан пуқаралар жыйынындағы 102 көшени оңлаў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылып, райондағы темир жол станциясында 533 вагонда 17 292 метр куб қум-шағыл  тас 28 877 тонна)  жыйнап алынды.

Бул жумыслардың өз ўақтында сапалы орынланыўы Қарақалпақстан Республикасы прокуроры, 2-сектор баслығы Эркабай Таджиев тәрепинен айрықша қадағалаўға алынып, әмелге асырылмақта.

Атап айтатуғын болсақ, бүгинги күнге шекем 38,3 км., яғный, 97 көше тегисленип, салма ҳәм изейкешлер тазаланды. 140 тонна шығындылар шығарып тасланды.

Соның ишинде, Ёшлик мәкан пуқаралар жыйынындағы 1.5 км лик  узынлықтағы  15 көшеге қум-шағыл тас төселип, аймақларды электр тәмийнаты менен тәмийинлеў мақсетинде, орайлық мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәм Қумбасқан елатына жаңадан 42 темир-бетон бағаналар орнатылып, 65сине оңлаў жумыслары жүргизилди. 470 метр аралықтағы газ қубырлары тәртиплестирилип, 110 турақ жайдың фасады боялды.

Бул жумысларға райондағы 4 сектор басшылары менен бирге, мәҳәлле белсендилери ҳәм турғынлар белсене қатнасып, оларға 40 тан аслам арнаўлы техникалар жәрдем көрсетпекте.




Соның менен бирге, район орайындағы көшелердеги нызамсыз қурылысларды анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша республикалық Кадастр агентлиги тәрепинен арнаўлы жумысшы топар дүзилип, бул топар ағзалары тәрепинен усы күнге шекем 19 факт анықланды ҳәм ҳәкимшилик протоколлар дүзилди. Буның нәтийжесинде 2 нызамсыз қурылыс пуқаралардың өзлери тәрепинен бузып тасланды.

Районда ҳәзирги ўақытлары абаданластырыў жумыслары даўам етпекте.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы