Усы жылдың 4-февраль күни Елликқала районындағы “Тазабағ” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы турақ жайлардың бириниң жәрдемши бөлмесинде газ тармағынан қысылып шыққан тәбийғый газдиң шағылысыўы нәтийжесинде жарылыў жүз берди.
Нәтийжеде усы үйде жасаўшы 1987-жылы туўылған пуқара З.Й. алған дене жарақатының ақыбетинде қайтыс болды. Ўақыя орнына Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Э.Таджиев басшылығындағы оператив-тергеў топары барып, бул жер көзден кеширилди.
Жағдай бойынша усы күнниң өзинде “Ҳудудгаз Қорақалпоғистон” газ тәмийнаты филиалы “Елликқаларайонгаз” газ тәмийнаты бөлиминиң лаўазымлы шахсларына Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 207-статьясы 3-бөлими “а” бәнти менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының мәлим етиўинше, ҳәзир айыпкер шахсларды анықлаў ҳәм оларды жынайый жуўапкершиликке тартыў мәселеси шешилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги