Бас прокуратура жанындағы Департаменттиӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен өткерилген тергеўге шекемги тексериў барысында Кегейли районында  дем алыў орайы қурылысындағы талан-таражлықлар анықланды.

Атап айтқанда, “A.B.” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм “Я.Б.И” компаниясыныӊ жуўапкер шахслары тәрепинен халық ушын дем алыў орайын қурыўда әмелде исленбеген жумысларды қосып жазған. Усыныӊ нәтийжесинде  жәми 214,3 миллион сумды өзлестириў жолы арқалы талан-тараж еткенлиги анықланды.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниӊ  167 ҳәм 209-статьялары  менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.


Қарақалпақстан хабар агентлиги