Европа Аўқамы Түркия ҳәм Сирияға жәрдем бериў ушын донорлық әнжуманын өткериў режесин мәлим етти.
Жоқары дәрежедеги бул ушырасыў ЕА мәмлекетлери, қоңсы еллер, БМШ, халықаралық қаржы институтларының ўәкиллери ҳәм басқа да мәпдар тәреплер ушын ашық болады, деп хабар берди Европа Комиссиясы. Илажды март айында Брюсселде шөлкемлестириў режелестирилген. ЕК ағзалары бул әнжуман Түркия ҳәм Сирия халқын қоллап-қуўатлаў ушын халықаралық жәмийетшилик тәрепинен қаржы жумсалыўына жәрдем береди, деп үмит етпекте.
Г.Абдуллаева таярлады.
ӨзА