Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги ҳәм оның жанындағы «Дәри қураллары, медициналық әсбап-үскенелер ҳәм медициналық-техникалық экспертизасы ҳәм стандартластырыў мәмлекетлик орайы» МУКта өткерилген үйрениў жуўмақларына бола анықланған жүдә көп муғдардағы қаржы қәте-кемшиликлери сондай-ақ, бюджет қаржыларының жумсалыўында белгиленген талаплардың қопал түрде бузылыў жағдайлары бойынша жынаят иси қозғатылған.
Ҳәзирги ўақытта МҚХ тергеў басқармасы тәрепинен тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Сондай-ақ, «DOK-1 MАKS» ҳәм «АМБРОНОЛ» сиропының унамсыз тәсири себепли «өткир баўыр жетиспеўшилиги» диагнозы менен балалар қайтыс болыўы бойынша қозғалған жынаят исин тергеў шеңберинде бир қатар лаўазымлы шахслар қамаққа алынған.
Атап айтқанда, жыйналған дәлиллер тийкарында Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги ҳәм оның жанындағы «Дәри қураллары, медициналық буйым ҳәм медициналық техникалық экспертизасы ҳәм стандартластырыў мәмлекетлик орайы» МУК директоры К.С. сондай-ақ, жүз берген жынаятларға байланыслы болған оның бир неше жынайый шериклери жумыс бойынша гүманланып усланып, оларға қамақ сақлық шарасы қолланылған.
Дәслепки тергеў даўамында сапасыз дәри қуралларын Өзбекстанға импорт етип, пайдаланыўға руқсат берген жуўапкерлер топарын анықлап, ҳәрекетлерине ҳуқықый баҳа бериўге қаратылған комплексли тергеў-оператив ҳәрекетлери ҳәм тийисли экспертизалар өткерилмекте.
ӨзА