Ҳәзирги ўақытта Нөкис районында 13 аўыл ҳәм мәкан пуқаралары жыйынлары болып, онда елиў еки мыңнан аслам халық тыныш-татыў өмир сүрмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниң комитет баслығы З.Реймова ҳәм Нөкис районлық Ишки ислер бөлими баслығыныӊ орынбасары М.Рахматуллаев пенен биргеликте аймақтағы өзин-өзи басқарыў уйымларында аўыл пуқаралар жыйыны баслығы, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси ҳәм профилактика инспекторларыныӊ жумысларын үйренди.
Онда Қарақалпақстан Республикасының «Пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы нызамыныӊ орынланыўы, аймақтағы жынаятшылық, ҳуқықбузарлықтыӊ алдын алыў, пуқараларға жеӊиллетилген кредит ажыратыў мәселелери, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқаралардыӊ жасаў жағдайлары ҳәр тәреплеме талқыланып үйренилди.
Үйрениўлер нәтийжесинде бир қатар қәте-кемшиликлер анықланып, жол қойылған кемшиликлерди сапластырыў бойынша тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, З.Реймова Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниң депутаты З.Палўанова, район ҳәкиминиӊ орынбасары Б.Узақбаевалар менен биргеликте «Меҳир ҳәрекети» акциясы шеӊберинде аймақларда жасаўшы кем тәмийинленген шаӊарақлардыӊ ҳал жағдайларынан хабар алып, оларға күнделикли зәрүр болған азық-аўқат өнимлери, кийим-кеншек ҳәм көрпе-төсеклерди саўға сыпатында тапсырды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы