Хожели районлық халық билимлендириў бөлиминиң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Қумбыз мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы пайдаланылмай бос турған имарат жергиликли бюджет қаржылары есабынан жеке исбилерменнен 2 миллиард 242 миллион сумға сатып алынды. Имаратты оңлаў жумыслары «Қарақалпақ Тәўекел қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен әмелге асырылып, оның ушын жәми 2 миллиард 819 миллион сум қаржы жумсалды. Хожели районлық халық билимлендириў бөлиминиң жаңа 2 қабатлы заманагөй имараты 14 ханадан ҳәм 84 орынлық мәжилислер залынан ибарат.



Имараттың ашылыў мәресиминде район ҳәкими Ж.Ермашев, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министриниң биринши орынбасары А.Раймов сөзге шығып, нәўқыран әўладтың заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерди ийелеўи, қәбилетин жүзеге шығарыўы ушын жаратылып атырған шараятлар менен имканиятлар бүгинги күнде өзиниң нәтийжесин берип атырғанын атап өтти.

-Хожели районлық халық билимлендириў бөлимине  43 билимлендириў мәкемеси  қарайды. Яғный 42 улыўма орта билим бериў мектеби ҳәм 1 «Бәркамал әўлад» балалар мектеби жумыс алып бармақта, -дейди бөлимниң руўхый-ағартыўшылық, тәрбия ҳәм билимлендириў мәкемелериниң жумысын шөлкемлестириў секторы баслығы И.Кочкаров. – Бөлимимизде 54 хызметкер жумыс ислейды. Бүгинги күнге шекем мәкемемиз өз имаратына ийе болмағаны ушын 19-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде жайласқан еди. Енди заманагөй, барлық қолайлықларға ийе имаратта жумыс ислеймиз.

Қумбыз мәкан пуқаралар жыйыны да усы жаңа имаратқа жайластырылды. Онда мәҳәлле ақсақалы, ҳәким жәрдемшиси, профилактика инспекторы, жаслар жетекшиси ханалар менен тәмийинленип, барлық шараятлар жаратылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги