Усы жылдың 8-февраль сәнесинде Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Нөкис қаласындағы Республика қан қўйыў орайында «Мен донорман» қайырқомлық акциясы басланған еди.

Бул акция «Өзиңиздеги қаҳарманды табың!» сүрени астында өткерилмекте.



Усы илажда 18-жастан 60 жасқа шекемги кеўиллилер қатнаса алады. Ықтыярлы түрде жаслар, әскерий хызметкерлер, студентлер, мәмлекетлик хызметкерлер, кең жәмийетшилик ўәкиллерин қамтыған бул акция 10-февралға шекем даўам етеди.

 

Кәримжан Абибуллаев,

Бердақ атындағы ҚМУ дың журналистика тәлим бағдарының 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги