Беруний районындағы 22-санлы улыўма билим бериў мектебинде уллы бабамыз Әлийшер Наўайы туўылғанының 582 жыллығы мүнәсибети менен «Уллы ойшыл» атамасында руўхый-ағартыўшылық илаж шөлкемлестирилди.

Атап өтилгениндей, дүнья көлеминде уллы ағартыўшы, сөз мүлкиниң султаны, деп тән алынған Әлийшер бабамыз өзиниң бай әдебий мийрасы менен әсирлер даўамында пүткил инсаниятты таң қалдырып, инсанлардың қәлбине, санасына мийрим-шәпәәтлилик, инсаныйлық, сақаўатлылық, меҳир-муҳаббат нурын шашып келмекте.

Оған ҳүрмет көрсетиў, шығармаларын үйрениў, тәлим-тәрбияға байланыслы пикирлерин турмысымызда пайдаланыў, жасларға да оның идеяларын сиңдириў үлкен әҳмийетке ийе.

Илажда мектеп оқыўшылары тәрепинен Наўайы ғәзеллери оқылып, ҳәр қыйлы сахналық көринислер атқарылды.

Улыўма билим бериў мектеплериниң ең белсенди, деп табылған руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша үгит-нәсиятшыларына алғыснама ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги