Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары менен халықтың мүтәж қатламын социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде коммунал төлемлерди төлеў қәбилети төмен болған, жәрдемге мүтәжлиги бар 598 шаңарақтың тәбийғый газ төлеми ушын 832,9 миллион сум ҳәм 143 шаңарақтың электр энергиясы төлеми ушын 70,5 миллион сум төлеп берилди.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2022-жыл 15-декабрь күни аймақларда энергия тәмийнатын жақсылаў, халықтың бәнтлигин арттырыў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилис протоколы тапсырмалары ҳәм усы жылдың 16-январь күни халықты энергия ресурслары менен үзликсиз тәмийинлеў илажлары бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде Нөкис қаласы ҳәм районларда ҳаўа-райының кескин суўытыўы ақыбетлерин жумсартыў, халыктың кем тәмийинленген қатламын социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ушын мүтәж шаңарақларға тәбийғый газ ҳәм электр энергиясы төлемлерин төлеп бериўде әмелий жәрдем көрсетиў белгилеп алынған еди. Онда социаллық қорғаўға мүтәж болған шаңарақлар барлық пуқаралар жыйынлары кесиминде үйренип шығылып,  шешим қабыл етилди.

Бүгинги күнде республикамыз аймағында халықтың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў, олардың жасаў жағдайын жақсылаў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылып атыр. Бул бағдардағы ийгиликли жумыслар даўам етеди.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги