Ҳәммемизге белгили, жақында Түркия ҳәм Сирия мәмлекетинде бақланған жер силкиниў нәтийжесинде мыңлаған турақ жайлар, имаратлар ўайран болды. Қәнигелер бул жайлардың көбиси жаңадан қурылған жайлар екенлигин атап өтпекте.

Ҳәзирги күнде көпшилик ўатанласларымызда мәмлекетимизде қурылып атырған турақ жайлардың жер силкиниўге шыдамлылығы тәжирийбеден өткерилген бе, неше баллға шекемги жер силкиниўге шыдай алыўы бойынша сораўлар пайда болмақта.

Бундай сораўларға Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги төмендегише жуўап берди:

«Қала қурылысы кодексиниң 5-бап, 26-статьясында қурылысты қадағалаўда функционал миннетлемелер белгилеп қойылған. Онда қала қурылысы жумысының субъектлери тәрепинен қурылысқа таярлық көриў ҳәм қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм қурылыс-монтажлаў, иске қосыў, сазлаў жумысларын орынлаў қатаң қадағаланады. Сондай-ақ, объектти пайдаланыўға қабыллап алыў дәўиринде қала қурылысы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине сондай-ақ, қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдаларының талапларына әмел етилиўи тексериледи.

Объектлерди қурыў ўақтында қурылыс үстинен мәмлекетлик қадағалаў, буйыртпашының техникалық қадағалаўы, ислеп шығарыўшының авторлық қадағалаўы ҳәм жумысты бөлип алып ислеўшиниң ишки қадағалаўы талап етиледи. Белгиленген нызамшылыққа бола, имарат ҳәм объектлердиң жер силкиниўге шыдамлылығына тәсир етиўши, сондай-ақ, пуқараның өмири ҳәм денсаўлығына қәўип салыўшы конструктив қағыйда бузыўшылықлар анықланған жағдайларда қурылыс-монтажлаў жумыслары тоқтатып қойылады. Соның менен бирге, демонтаж жумысларының әмелге асырылыўы талап етиледи.

Егер сапасыз қурылыс материаллары, конструкциялар сондай-ақ, буйымлар қолланылған болса, оларды ислеп шығарыўды, реализациялаў ҳәм қолланыўды тоқтатып турыў ҳаққында тийисли мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерге усыныс хатлары жибериледи.

Бул процесслерде қурылыста қадағалаў инспекциясы тәрепинен жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери, илимий-техникалық ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлериниң экспертлери қатнасыўында мәмлекетлик қадағалаў тәртибинде тексериўлер өткериледи.

Пуқаралық кодекстиң тийисли статьяларында қурылыс жумысларында сапаға кепиллик бериў ҳәм олар керекли дәрежеде орынланбаған жағдайда жумысты бөлип алып ислеўшиниң жуўапкершилиги де белгилеп қойылған.

Соны айрықша атап өтиў орынлы, жойбарлаў шөлкемлери тәрепинен қурылыслар аймақтың белгиленген сейсмикалық балына бола (7,8,9) режелестирилген ҳалда жойбарластырылады. Экспертиза уйымлары тәрепинен қабыл етилип атырған ҳүжжетлерде объекттиң жойбарлаў смета ҳүжжетлери, топланған экспертиза жуўмағы (онда өрт қәўипсизлиги ҳәм сейсмикалық шыдамлылығы инабатқа алыныўы зәрүр) алынады», делинеди министрликтиң жуўабында.

Шаҳноза Маматуропова,

ӨзА