Алимент төлемлери ержетпеген балалардың ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаўға қаратылған.

МОБ Тақыятас районлық бөлими ис жүргизиўинде Нөкис районлараралық судының 2021-жыл 7-июльдеги қарыздар Д.Д.дан өндириўши О.Гараеваның пайдасына ержетпеген бир перзентиниң материаллық тәмийнаты ушын қарыздар дәраматының 1/4 бөлеги муғдарында алимент өндириў бойынша орынлаў ҳүжжети бар. Бул орынлаў ҳүжжети бюроның Тақыятас районлық бөлимине келип түсип, быйылғы жылдың январь айына шекем алимент напақасы қарыздардан айма-ай толық өндирип келинген.

Орынлаў ҳәрекетлери даўамында қарыздар әке алимент төлемлерин алдыннан төлемекши екенин мәлим еткени ушын бөлим хызметкерлери тәрепинен қарыздар ҳәм өндириўшиниң нызамшылықта белгиленген ҳуқықлары менен миннетлемелери, алимент төлемлерин алдыннан төлеў тәртиби түсиндирилген.

Бөлим хызметкерлери тәрепинен алып барылған орынлаў ҳәрекетлери даўамында қарыздардан өндириўши пайдасына бир перзенттиң материаллық тәмийнаты ушын перзенти ержеткенге шекемги дәўир ушын алдыннан төлениўи керек болған 85 миллион 400 мың сум муғдарында алимент пуллары өндириўши О.Гараеваның пайдасына толық өндирип берилип, орынлаў ҳүжжети әмелде  жуўмақланды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги