Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судының орынлаў хатына тийкарланып, қарыздар О.Р.дан «Apex insurance» акционерлик жәмийетиниң пайдасына өндирип бериў ҳаққындағы орынлаў иси Мәжбүрий орынлаў бюросының Хожели районлық бөлими ис жүргизиўине келип түскен.

Орынлаў ҳәрекетлери даўамында қарыздарға қарыздарлықты төлеў ушын бир неше мәрте ескертиўлер берилген. Бирақ, берилген мүддет ишинде қарыздарлық толығы менен төленбегени ушын қарыздар О.Р.ның атындағы «Ласетти» маркалы автотранспорт қуралы хатлаўға алынған.

Қарыздар 18 миллион сум муғдарындағы қарыздарлықты толық төлегеннен соң хатлаўға алынған автотранспорт қуралы оған қайтарып берилди. Орынлаў исин жүргизиў Өзбекстан Республикасы «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамының 41-статьясына муўапық, жуўмақланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги