Орынларда Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатын үйрениўге, турмысқа енгизиўге бағышланған илажлар болып өтпекте.
Нөкис қаласы ҳәкимлигинде Өзбекстан Экология партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги менен биргеликте «Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатының мазмуны ҳәм әҳмийети, онда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда ўәкилликли уйымлардың роли» атамасында семинар өткерилди.
Онда Мүрәжатта белгилеп берилген ўазыйпалардан келип шығып Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутатлары ҳәм сиясий партиялардың белсендилигин арттырыў, пуқаралар жыйынлары баслықларының турақлы түрде тәжирийбе алмасыўын ҳәм маманлығын арттырыў мәселелери додаланды.
Баянатларда ҳәм додалаўларда мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыўда сиясий партиялар ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының бирге ислесиўин күшейтиў, елимизде экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде нәтийжели жәмийетлик қадағалаўды орнатыўды жақсылаў сыяқлы мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
– Айырым депутатларымыз халық арасына кирип барып, олардың машқаласын үйрениўде немқурайдылыққа жол қоймақта. Депутат халықтың исенип сайлаған ўәкили болғаны ушын олардың исенимин ақлаған ҳалда машқалаларын жоқары ўәкилликли уйымларға алып шығыўы керек. Семинарда депутатлар өзлериниң сораўнамаларын жоллаў, жоқары уйымлардан жуўапты алыў тәртиби, жуўапты талап ете алыўы ҳаққында сөз пикир-усыныслар билдирилди. Сондай-ақ, депутатлардың ғалаба хабар қуралларында өзлериниң жумысларын сәўлелендире алыў шеберлигин арттырыў, керек болса, ҳәр бири өзи жеке веб-сайтын, телеграмм каналын жаратыў ҳәм социаллық тармақлар арқалы халық пенен бирге ислесиў бойынша түсиниклер берилди, -дейди Өзбекстан Экология партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми кеңеси атқарыў комитетиниң баслығы Айсанем Бегимова. – Бүгинги семинар депутатларымыздың билимин және де арттырды, деп ойлайман.
Семинар соңында биргеликте әмелге асырылатуғын жумыслардың режеси келисип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги