Төрткүл районында быйылғы жылы аўыл пуқаралар жыйынларын оптималластырыў арқалы жаңадан 12 мәкан пуқаралар жыйынлары шөлкемлестирилмекте.
Ҳәзирги күнлери усы жаңадан шөлкемлестирилип атырған өзин-өзи басқарыў уйымларына ақсақаллар (баслықлар) сайлаўы баслап жиберилди.
Атап айтатуғын болсақ, Пахташы ҳәм Келтеминар аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларында шөлкемлестирилип атырған Бәҳәр ҳәм Бәзирген мәкан пуқаралар жыйынларына баслық (ақсақал) сайлаў шөлкемлескенлик пенен өткерилди ҳәм ақсақаллыққа талабанлар өз сайлаўшыларын өзиниң сайлаўалды бағдарламалары менен жақыннан таныстырды.
Соңынан аймақ турғынлары өзлери мақул тапқан талабанларын жасырын даўыс бериў жолы менен сайлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы