Қыстың аязлы күнлеринде бир-биреўге жәрдем қолын созып атырғанларды көрип кеўлиңди қуўаныш бийлеп, қәлбиңде шүкиршилик сезимлери оянады. Быйылғы аномал суўық халықтың аўызбиршилигин, ҳүрмет-иззет ҳәм меҳир-мүриўбетин және бир мәрте сынақтан өткерип атыр.
Бүгинги күн келешек ушын тарийх. Ал, усы тарийх бетлеринде ҳәр ким өзиниң саўаплы ислери менен қалыўға умытылып атырғаны, халқымыздың ертеңги күни исенимли қолларда екенлигинен дәрек береди.
Пуқараларымыздың кимиси жолаўшыларды бийпул үйлерине жеткерип атырса, және биреўлери бийпул азық-аўқат өнимлери ҳәм жәрдемге мүтәжлерге кийим-кеншеклер тарқатпақта.
Бундай ийгиликли ҳәм саўаплы ислер Қоңырат районындағы Тарақлы ҳәм Сүўенли мәкан пуқаралар жыйынының белсендилери тәрепинен де шөлкемлестирилди. Атап айтатуғын болсақ, аймақта жасаўшы кеңпейил ҳәм сақый инсанлар тәрепинен үлкен қазанларға палаў асылып, олар усы жыйында жасаўшы жасыүлкен қариялар, жәрдемге мүтәж ҳәм кем тәмийинлеген шаңарақларға тарқатылып, бул адамлардың алғысын алыўға миясар болды.
Усындай қайырқомлық ислери район аймағында даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы