2015-жылы Қубла Корея Республикасы Сеул миллий университетиниң Бундан госпиталы менен академик В.Ваҳидов атындағы республикалық қәнигелестирилген хирургиялық орайының Нөкис филиалы арасында еки тәреплеме шәртнама дүзилип, сол тийкарда Бундан госпиталының илимий хызметкерлери, кардиолог шыпакерлери Нөкиске келип республикамыздағы балалар ҳәм жас өспиримлер арасында жийи ушырасып атырған жүректиң туўма кемшилигине эхокардиограмма ислеп, анық диагноз қойыўды әмелге асырып келмекте.

Өткен үш жыл ишинде олар 150 ден аслам жүрегинде кемшилиги бар балаларды көрди. Ең әҳмийетлиси, ҳәр жылы усы жүрек кемшилиги менен аўырған балалардың екеўине бийпул түрде Бундан госпиталының өзинде операция исленип, усы күнге шекем 6 балаға операция исленди ҳәм жақсы нәтийже берди. Баланың ҳәм оны алып барыўшы адамның жол қәрежетлери, операцияға, керекли дәрилерге кететуғын басқа да қәрежетлер Қубла кореяның Корея газ корпорациясының (KOGAS) қәўендерлиги жәрдеминде әмелге асырылмақта.

10-11-июль күнлери усы госпитал ҳәм Корея газ корпорациясының республикамыздағы төртинши қәўендерлик миссиясы болып өтти. Илаж даўамында кореялы қәнигелер республикамыздағы жүректиң туўма кемшилигине ушыраған есаптағы 50 ге шамалас балаға эхокардиограмма ислеп, анық диагноз қойыў жумысларын әмелге асырды. Тийисли мағлыўматлар таярланып, емлеў бойынша көрсетпелер берилди. Олардың екеўи кореялы қәнигелер тәрепинен таңлап алынып, усы жылы Бундан госпиталының өзинде бийпул операция исленеди.

– Бул әмелий жумыслар Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың көрсетпелери тийкарында денсаўлықты сақлаў тараўының буннан былай да жақсыланыўы, шет ел қәнигелериниң жәрдемге келгенлиги есабынан әмелге асырылмақта,-дейди орайдың жетекши хирурги, профессор М.Қабулов.

– Мен Хожели районында тураман. Мениң 2004-жылы туўылған балам Сәрсенбаев Саламат төрт жасынан берли жүрегиндеги кеселлик себепли емленип киятырған еди. Өткен жылы кореялы шыпакерлердиң тексериўинен өтип, Бундан госпиталының өзинде бийпул операция исленди. Барлық қәрежетлер олардың өзлери тәрепинен қапланды. Соннан берли баламның жағдайы жақсыланбақта. Ҳәзир де оны және бир мәрте тексериўден өткериў ушын әкелип отырман.

Усындай дәрежедеги көрсеткен қалыс жәрдеми ушын Президентимизге, ҳүкиметимиз басшыларына, жергиликли шыпакерлеримизге, қала берди кореялы шыпакерлерге ҳәм қәўендерлерге шексиз миннетдарман,-дейди  Бахтыгүл Қудайбергенова.

Елимизде әмелге асырылып атырған бундай илажлар, тараў қәнигелериниң шет ел қәнигелери менен бирге ислесиўи халқымыздың денсаўлығын беккемлеў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслардың унамлы нәтийжеси болып табылады.

Ә.Жиемуратов,

                                        Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы

 

Телеграмдағы каналда бизге қосылың