16-20-декабрь күнлери Бухара ўәлаятында спорттың «Туран жеке гүреси»  бойынша Азия кубоги жарысы болып өтти.

Оған Қазақастан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Пакистан, Түркменстан, Иран мәмлекетлери спортшылары менен бир қатарда қарақалпақстанлы спортшылар да  елимиз сайланды командасы қурамында қатнасып қайтты.

Атап айтатуғын болсақ, өткерилген Азия  кубогинде Тахтакөпир ҳәм Қоңырат районларындағы  спорт мектеплери  тәрбияланыўшылары табыслы қатнасып, олар арасында 34 кг салмақта тахтакөпирли спортшы Дилфуза  Пирниязова барлық қарсыласларын жеңип шығып Азия кубогин қолға киргизиўге миясар болды.

Ал,40 кг салмақта қатнасқан қоңыратлы Дилбар Алпысбаева ҳәм тахаткөпирли Азатбек Темирбековлар гүмис медалды қолға киргизиўге еристи.


-2020-жылдан бери Тахтакөпир спорт мектебинде Туран жеке гүреси бойынша тренер болып ислеймен,-дейди спортшылардың тренери Арзыўбай Измуратов.-Таярлаған шәкиртлерим арасында Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан, Азия чемпионлары өсип жетилиспекте. Енди Бухарадағы Азия кубогинде жеңимпаз болған шәкиртлерим, Қазақстан Республикасында болып өтетуғын жәҳән чемпионатына қатнасады. Несип етсе, бул жарыста да олар өз қарсыласларын жеңип шығатуғынлығына исенемиз.


Адилбай Оразов,  

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы