Қатардың Ал-Байт стадионында футбол бойынша жәҳән чемпионатының екинши ярым финал ушырасыўы болып өтти.
Онда әмелдеги жәҳән чемпионы Франция быйылғы чемпионатта бир қатар сенсацияларға себепши болып, Африка ҳәм Араб еллери арасында рекордларды орнатқан Марокко сайланды командасы менен финал жолламасы ушын өз-ара гүрес алып барды.
ФИФА президенти Джанни Инфантино, Франция президенти Эммануэл Макрон, Марокко патшасы Муҳаммед VI ҳәм стадионның 80 процентке шамалас орынлығын ийелеген марокколы футбол жанкүйерлериниң қоллап-қуўатлаўы басланған бул ойынның 5-минутында франциялы қорғаўшы Тео Эрнандес күтпегенде есапты ашыўға миясар болды.
Буннан соң африкалы футболшылар есапты теңлестириў ушын тынымсыз ҳәрекет етти. Бирақ, олардың бул ҳәрекетлери өзиниң унамлы нәтийжесин бермеди ҳәм 1-тайм Францияның жеңиси менен тамамланды. Ал, 2-таймда болса, Марокко және де көбирек қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди. Лекин, оннан нәтийже шықпады. Керисинше, ойынның 79-минутында дүнья футболынның бүгинги күндеги жарқын жулдызларының бири Килиан Мбаппе өзиниң айрықша шеберлигин көрсетип Марокко жәрийма майданында 4-5 қорғаўшыларды алдап өтиўге ҳәм дәрўаза алдында бос қалған Рандал Колоға топ жеткерип бериўге еристи. Өзине жаратылған бул қолайлы пастан нәтийжели пайдаланған Коло Марокконы ҳеш қандай аяп отырмай, топты дәрўаза төрине анық жоллаўға еристи.
Бул есап ойын тамамланғанша өзгерместен қалды ҳәм Франция сайланды командасы избе-из және финалға шығыўға миясар болды.
Жәҳән чемпионатының финал ойыны 18-декабрь күни Өзбекстан ўақты менен 20:00 де, Хорватия ҳәм Марокко арасындағы үшинши орын ушын ойын 17-декабрь күни саат 20:00 де болып өтеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы