Саудия Арабстанының «ACWA Power» компаниясы тәрепинен Өзбекстанда улыўма қуўатлылығы 4100 МВт болған 5 – 2600 МВт қуўатлылықтағы 4 самал ҳәм 1500 МВт қуўатлылыққа ийе 1 заманагөй ыссылық электр станциясы қурылмақта.

Атап айтқанда:

Сырдәрья ўәлаятының Ширин қаласы ҳәм Боёвут районлары аймағында қуўатлылығы 1500 МВт болған 1 заманагөй ыссылық электр станциясы;

Бухара ўәлаятының Пешку ҳәм Ғиждуван районларында ҳәр бириниң қуўатлылығы 500 Мвттан болған 2;

Қарақалпақстан Республикасында улыўма қуўатлылығы 1600 МВт болған 2 самал электрт станциясын қурыў жойбарлары әмелге асырылмақта.

Салыстырыў ушын: 4100 МВт қуўатлылық Өзбекстанда әмелдеги электр энергиясын ислеп шығарыў көлемлериниң 23 процентин қурайды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги