Кеше Қатарда өткерилип атырған жәҳән чемпионатында 1-тур ойынлары өз жуўмағына жетти.
Атап айтатуғын болсақ, «G» топарында өз ойынларын баслаған Швейцария Африканың Камерун сайланды командасы менен өз-ара күш сынасты.
Ушырасыўдың биринши таймында командалар өз қарсыласлары дәрўазасына гол ура алмады. Екинши бөлимниң басында болса, Камерунда туўылған Швейцария сайланды командасы ағзасы Брел Эмболо африкалылар дәрўазасын анық нышанға алып өз командасын алдыға алып шықты.
Ойынның қалған минутларында болса, есап өзгерместен қалды.
Ал, усы топардың екинши ойынында болса, Бразилия сайланды командасы сербиялы футболшылар менен ушырасып, Ришарлсонның дубли есабынан жеңиске еристи ҳәм топар жетекшисине айланды.
Cондай-ақ, усы күни «F» топарында қубла кореялы футболшылар 2 мәрте жәҳән чемпионы Уругвай сайланды командасы менен ушырасты ҳәм бул ойында командалар гол урыўға қаншелли ҳәрекет еткени менен есап ашылмады.
Бул топардың екинши ойынында болса, жәҳән футболының ҳәзирги күндеги жарқын жулдызы Криштиану Роналду жетекшилигиндеги Португалия Гана сайланды командасы менен майданға түсип, 3-2 есабындағы оғада қыйын жеңиске еристи.
Атап айтатуғын болсақ, дерлик 100 минуттан аслам ўақыт даўам еткен ойынның 65-минутында Роналду өзи ислеп алған пенальтиди анық әмелге асырып, португалларды алдыға алып шыққан болса, 73-минутта Гана сәрдары Андреа Айю есапты теңлестириўге еристи.
Буннан соң 78 ҳәм 80-минутларда Жоау Феликс ҳәм Рафаэл Леау Гана дәрўазасына гол урып, португалиялыларды қуўанышқа бөлеген болса, 89-минутта Осман Букари басы менен гол урып арадағы есапты қысқартыўға миясар болды.
Ушырасыўдың ең соңғы минутларында ганалылар және бир гол урыў имканиятына ийе болды. Бирақ, олар бул мүмкиншиликтен пайдалана алмады.
Солай етип, Роналдуны қорқынышлы қәўетерге салған бул ойында Португалия оғада қыйыншылық пенен 3 упайды қолға киргизип, топар жетекшисине айланды.
Сондай-ақ, Роналду Гана дәрўазасына урылған голы менен Диего Марадона, Руди Фюллер ҳәм Ривалдоға жетип алған болса, 5 мундиалда гол урған бирден-бир футболшыға айланды.
Буннан алдын бразилиялы Пеле, германиялы Уве Зеелер, Мирослав Клозе, аргентиналы Месси 4 жәҳән чемпионатында гол урыўға ерискен еди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы