19-ноябрь күни футбол бойынша Өзбекстанның биринши лигасында жуўмақлаўшы тур ойынлары болып өтти. Онда табыслы түрде қатнасып киятырған республикамыздың «Арал» командасы Ташкент қаласында «Локомотив-БФК» клубы менен өз-ара ушырасып, 1-4 есабында жеңиске ерисиўге миясар болды.
Бул жеңис нәтийжесинде қарақалпақстанлы футболшылар өз упайлар санын 63 ке жеткерип, биринши лигада 2-орынды ийелеўге ҳәм сол арқалы «Навбахор-Фарм» клубы менен биргеликте Про-Лига жолламасын қолға киргизиўге еристи.
Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, футбол бойынша Өзбекстан биринши лигасы дәрежеси бойынша елимиздеги Суперлига ҳәм Про-лигадан соң турыўшы 3-дәрежели лига болып есапланады.
Бунда Өзбекстан Республикасының аймақларында жайласқан 16 команда Про-лига жолламасы ушын өз-ара 28 тур даўамында күш сынасады ҳәм чемпионатта 1-2-орынларды ийелеген командалар Про-лига жолламасын қолға киргизеди.
«Арал» командасы чемпионатта өткерилген 28 турдың 20 сында жеңисти қолға киргизген болса, 3 мәрте теңбе-тең ойнады. Ал, 5 ойында жеңилиске ушырады. Әсиресе, соңғы екинши айланым ойынларында қолға киргизилген жеңислер командамызды Про-лигаға алып шықты десек болады.
Бул болса, республикамызға үлкен футбол ойынлары және қайтқанлығынан дәрек береди.
Усы мүнәсибет пенен кеше Ташкент қаласынан қайтып киятырған «Арал» командасының ағзалары ҳәм тренерлери Нөкис темир жол вокзалында республикамыз басшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери тәрепинен саз-сәўбетлер астында салтанатлы түрде күтип алынды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев «Арал» командасын Биринши лигада гүмис медаль ҳәм Про-лига жолламасын қолға киргизгени менен пүткил халқымыз атынан қызғын қутлықлады ҳәм алдағы машақатлы ойынларда да тек әўмет яр болыўына тилеклеслик билдирди.
Күтип алыў мәресиминде «Арал» командасы бас тренери Нағметулла Қутыбаев өзлерине көрсетилип атырған айрықша итибар ҳәм ҳүрмет ушын республикамыз басшыларына терең миннетдаршылық билдирип, келеси мәўсимде де халқымыздың исенимин ақлаў ушын ҳәрекет ететуғынлығын айтып өтти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы