Нөкисте стол тенниси бойынша «Мәҳәлле кубоги» турнириниң Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.
Президентимиздиң 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық мәҳәллелерде жаслар арасында ғалабалық спортты, соның ишинде, стол теннисин ен жайдырыў, оларды физикалық жақтан саўалландырыў, қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда жасларды турақлы спорт пенен шуғылланыўға тартыў мақсетинде «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондының Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Өзбекстан стол тенниси федерациясының Қарақалпақстан бөлими, бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте қоспа қарар қабыл етилди.
13-16 жасар қызлар ҳәм ер балалар арасында өткерилген жарыстың жуўмағында Монйақ районы Мәдели аўыл пуқаралар жыйыны командасы биринши орынды ийелеп, Өзбекстан басқышына жоллама алды. Нөкис қаласындағы Туран мәкан пуқаралар жыйының командасы екинши, Нөкис районындағы Ақманғыт посёлкалық пуқаралар жыйыны ҳәм Қанлыкөл районындағы Дослық мәкан пуқаралар жыйынының командалары үшинши орынларды ийеледи.
Жеңимпаз ҳәм белсене қатнасқан командалар ағзаларына «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги