Португалиялы ҳүжимши Криштиану Роналду социаллық тармақларда Қатардағы жәҳән чемпионатының басланыўына бағышлап пост қалдырды. Роналду бар итибарын миллий командада ойнаўға қаратқан.
«Жақсы туйғы-сезимлер ҳәм толық концентрация. Дыққат, исеним, шыдамлылық! Қай жерде болыўына қарамастан, Португалия мәңги!» – деп жазды Роналду.
Еслетип өтемиз, алдыныр-ақ, Криштиану журналист Пирс Морганға жүдә әҳмийетли интервю берген еди. Мундиалдан кейин Роналдудың «Манчестер Юнайтед»ти тәрк етиўи күтилмекте.
Азизбек Дабылов,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги