Кеше Қатар пайтахты Доха қаласындағы «Эл-Байт» стадионында футбол бойынша XXII жәҳән чемпионатының ашылыў мәресими ҳәм ойыны болып өтти.
Төрт жыл төрт айдан бери дүнья футбол жанкүйерлери тәрепинен интизарлық пенен күтилген бул чемпионаттың дәслепки ойынында майдан ийелери Қубла Америка ўәкили саналған Эквадор сайланды командасы менен өз-ара ушырасты ҳәм чемпионат тарийхында туңғыш рекордты орнатты.
Социаллық тармақтағы ықласбентлеримиз ушын айтып өтиўимиз керек, буған шекем өткерилген 21 жәҳән чемпионатларының ашылыў ойынларында майдан ийелери ҳеш қашан утылып көрмеген еди. (16 жеңис, 6 теңбе-тең).
Оғада қызықлы басланған ойынның 3-минутында-ақ, Эквадор сайланды командасының ҳүжимшиси Эннар Валенсия есапты ашыўға миясар болды. Бирақ, бул гол офсайд себепли инабатқа алынбады.
Лекин, 16-минутқа келип эквадорлы футболшылар өз мақсетлерине жетти ҳәм Эннар Валенсия 11 метрлик жәрийма тобын дәрўазаға анық теўип есапты ашыўға еристи.
31-минутқа келип болса, Эннар және бир мәрте қатарлы футболшыларды таң қалдырып, басы менен әжайып тәризде урылған гол есабынан өз командасын қуўанышқа бөледи ҳәм бул голды 2013-жылы Доха қаласында Қатар-Эквадор сайланды командалары арасында өткерилген дослық ушырасыўында жүрек соғыўының тоқтаўы себепли қайтыс болған 27 жасар ҳүжимши Кристиан Бенитеске арнады.
Қызықлы тәрепи сонда, сол ҳүжимши қайтыс болғаннан соң ғана Эннар Валенсия сайланды командаға шақырылған еди ҳәм Бенитестиң орнын мүнәсип түрде басып киятыр.
Ушырасыўдың екинши таймында болса, еки команда ағзалары да ойын пәтин әсте-ақырынлық пенен түсирип жиберди ҳәм арадағы есап өзгерместен қалды.
Солай етип, Эквадор сайланды командасы ағзалары 3 упайды қолға киргизип, өз топарында ҳәзирше 1-орынды ийелеп келмекте.
Бүгин усы топардың екинши ойынында Нидерландия ҳәм Сенегал сайланды командалары өз-ара ушырасады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы