«Манчестер Юнайтед» футболшысы Криштиану Роналду Pirs Morgan’ға берген интервьюинде «ПСЖ» ҳүжимшиси Лионел Месси менен мүнәсибетлери қандай екени ҳаққында айтты. Футболшының сөзлерине бола, олар дос емес.

«Әжайып, сыйқырлы ойыншы. 16 жылдан берли оның менен сахнаны бөлисип келемиз, көз алдыңызға келтирдиңиз бе? 16 жыл. Мен оның менен әжайып мүнәсибеттемен. Биз дос емеспиз, бир-биримиздиң үйимизге бармаймыз, телефонда сөйлеспеймиз деген мағанада. Яқ, бизде командалар арасында мүнәсибетлер бар. Мен ҳәр қашан оның мен ҳакқындағы сөзлерин жүдә ҳүрмет етемен», – деди португалиялы футболшы өзиниң интервьюинде.

Азизбек Дабылов,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги