Ҳәзирги күнлери Мексиканың Гвадалахара қаласында таэквондо WT бойынша ересеклер арасында жәҳән чемпионаты болып өтпекте.
Оған 16 салмақ категория бойынша дүньяның 123 мәмлекетинен 755 спортшы қатнаспақта.
Бул жарыстың әҳмийетли тәрепи сонда, онда алтын медальды қолға киргизген спортшыға Париж-2024 Олимпиада ойынлары ушын 140 упай, гүмис медаль ийесине 84, 3-4-орынларды ийелеген спортшыларға 50-40 упай бериледи.
Буны қәлеген гран-при турнирлери менен салыстыратуғын болсақ, бул әдеўир көплигин көрсетеди. Мәселен, Париж ҳәм Манчестер гран-прилери жеңимпазына тек ғана 60 упай берилип келинбекте.
Сонлықтан бул жарысқа дүнья таэквандошыларының қызығыўшылығы жоқары.
Соңғы жыллары Азия, жәҳән чемпионаты ҳәм Олимпиада ойынларында жеңимпазлықты қолға киргизип киятырған Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да бул жәҳән чемпионатында табыслы қатнаспақта.
Атап айтқанда, усы күнге шекем 87 кг салмақта даянға шыққан Никита Рафалович ҳәм 62 кг салмақта Феруза Содиқова ярым финальға шекем жетип барып, қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.
Ал, күни кеше болса, +73 кг салмақтағы спортшымыз Светлана Осипова барлық қарсыласларын жеңип шығып, мәмлекетимиз тарийхында жәҳән чемпионы атағын алыўға миясар болған бирден-бир спортшыға айланды.
Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, Осипова финальға шекем АҚШ, Марокко, Австрия ҳәм финальда Израил мәмлекети спортшыларын жеңип шығыўға еристи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы