«Манчестер Сити» клубы «Реал» ярым қорғаўшысы Тони Кроссқа қызығыўшылық билдирмекте. Бул ҳаққында испан ҒХҚлары хабар бермекте.

Дәрекке бола, «қалалылар» басшылары Кроссқа мәўсим ушын 13-14 миллон евро төлеўге таяр. Тонидиң «Реал» менен шәртнамасы 2023-жылдың жазына шекем әмел етеди.

Қосымша етемиз, «ПСЖ» да Кроссқа дәўагерлик етпекте. Парижлылар қысқы трансфер айнасында Тониди өзине қосып алыў мәселесинде ис алып барыўды режелестирмекте.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги