Ҳәмме сағынып күтип отырған Жәҳән чемпионаты жарысының басланыўына да санаўлы күнлер қалды. Биз болса абырайлы турнир алдынан усы темаға байланыслы ең қызық ҳәм итибарға ийе фактлер менен санларға дыққатыңызды қаратамыз. Бул жерде сиз билмеген мағлыўматлар да ушырасып қалыўы мүмкин.

Жылдан-жылға барлық клуб ҳәм командалардың дәрежеси ҳәм көрсетип атырған ойынында жетерлише өсиў бақланбақта. Командалар арасындағы аралықлар барған сайын бир-бирине жақынласып атырғаны себепли қызықлы ойынлар саны да аса береди. Итибарлы тәрепи, ҳәр бир таңлап алыў басқышында бир-бирин тәкирарламайтуғын нәтийжелер белгиленбекте. Россия-2018 мундиалына таңлап алыў раундларының жәҳән көлеминде жәми 278 ушырасыўы өткерилген болып, оларда улыўма 807 гол киргизилген. Бул болса ҳәр бир ойынға орташа 2,9 гол коеффициентине туўра келеди. Бул көрсеткиш өз гезегинде ең жоқары деп есапланған Бразилия мундиалы таңлап алыўдан (2,7) да жоқарырақ есапланады. Сондай-ақ, кейинги ЖЧ ушын Европаға және жолланма ажыратылғанын да атап өтиў керек. Енди күшли 13 ликке қосылыў ушын 54 емес, 55 команда гүрес алып барады.

 Нидерландия футбол командасы

Усы турнирдиң ҳәр тәреплеме ең табыслы командасы Нидерландия есапланады. «Ушар голландлар» жарыс даўамында жәми 296 мәрте қарсыласының дәрўазасына гол урған. Сондай-ақ, усы мәмлекет ўәкиллери саралаў раундлары даўамында ең көп жеңисти қолға киргизгени менен де есленеди – 125 ойында 82 жеңис. Бул нәтийжелер менен Нидерландияға ҳәр тәреплеме ҳәўес етсе арзыйды. Бирақ команданың оннан кейинги шешиўши мундиал ойынларында негедур әўмети келмеген.

Криштиану Роналду

Усы таңлап алыў ойынларындағы ең табыслы футболшы – бул, әлбетте, Криштиану Роналду. Португалиялы мегажулдыз өзи ойнаған 28 ушырасыўда қарсыласлары дәрўазасын 30 мәрте анық нышанға алған. Бул бойынша оның ең жақын қуўдалаўшысы Андрей Шевченко есапланады – 24 гол. Сондай-ақ, Роналду Россия мундиалы таңлап алыўда 15 гол урыўға ерискен. Бул байланыстағы толық топурар болса 16 анық соққы менен Роберт Левандовски болған. Мағлыўмат ушын, сол жарыстағы ең табыслы команда Германия ҳәм Бельгия есапланған (10 ушырасыў, 43 гол).      

 Азизбек Дабылов,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги