Франция нотариусларының Марсел қаласында болып өткен 118-Конгресси алдында Франция Нотариуслары Жоқары Кеңеси президенти Давид Амброссиано ҳәм Өзбекстан Республикасы Нотариал палатасы басшысы Дилшод Ашуров еки шөлкем арасында бирге ислесиў ҳаққындағы биринши шәртнамаға қол қойды.

2020- ҳәм 2021-жыллары Өзбекстан ҳәм Франция нотариатлары арасында видеоконференцбайланыс режиминде бир қанша сөйлесиўлер өткерилген еди.

2022-жыл 23-июнь күни болса Франция Нотариуслары Жоқары Кеңесиниң екинши вице-президенти Пер Жан Мейссан басшылығындағы делегация бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойыў мәселелерин көрип шығыў ушын елимизде болған еди.

– Орайлық Азия нотариусларының динамикасы дыққатқа ылайық ҳәм Франция нотариаты оларды раўажландырыўды қоллап-қуўатлаўдан қуўанышды, -дейди Франция Нотариуслары Жоқары Кеңеси президенти Девид Амброссиано.

Келисим қол қойылғанынан соң Өзбекстан делегациясы ағзалары Франция Нотариуслары Жоқары Кеңесиниң естелик медальлары менен сыйлықланды. Сондай-ақ, Өзбекстан делегациясының басшысы Д.Ашуров та Франция Нотариуслары Жоқары Кеңесиниң президенти Д.Амброссианоға естелик саўғаларын тапсырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги