Пийшемби күни мәмлекет парламентинде өткерилген даўыс бериў нәтийжелерине бола, Абдулатиф Рашид Ирақ президенти етип сайланды, деп хабар бермекте жергиликли ҒХҚ.
Рашид ушын 162 депутат даўыс берди, ол қарсыласы, Ирақтың бурынғы президенти Барҳам Солиҳди 63 даўыс пенен артта қалдырды.
Алдын Рашид Ирақ суў хожалығы министри болып ислеген, сондай-ақ, Курдистан ўатансүйиўшилик аўқамы партиясының ўәкили де болған.
Ирақтағы коррупцияға қарсы наразылықлар мәмлекетте мүддетинен алдын парламентлик сайлаўлар өткерилиўине себеп болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги