Россия Федерациясы ҳәм Түркия президентлери Владимир Путин ҳәм Режеп Таййип Эрдоған пийшемби күни Самарқандта болып өтетуғын ушырасыўда Россия газин жеткерип бериў мәселесин, атап айтқанда, бир бөлегин рубль ҳәм лирада өткериў процесслерин додалайды, деп хабар берди РИА Новости агентлигине Анқарадағы дипломатиялық дәрек.

Россия ҳәм Түркия жетекшилери Россиядан Түркияға газ жеткерип бериў ушын бир бөлегин төлемлерди рубльде баслаўға келисип алды, деп алдын Россия бас министриниң орынбасары Александр Новак мәлим етти.

Түркия энергетика ҳәм тәбийғый ресурслар министри Фотиҳ Дўнмез Россия газин Түркия тәрепинен рубльде сатып алыў бойынша принципиал келисимге ерисилгенин, Анқара Москва менен транзиттиң бир бөлегин лирасында төлеў имканиятын додалап атырғанын айтты.

«Дурыс, газ мәселеси, атап айтқанда, миллий валюталарда төлем бойынша келисим процесслери күн тәртибинде болады»,-деди дәрек жетекшилериниң Түркия Россия газин жеткерип бериў мәселесин додалаў итималы ҳаққындағы сораўға жуўап бергенде. Дәрекке бола, Россия газин Түркияға жеткерип бериўде ҳеш қандай машқала жоқ.

ӨзА