Мектеп сабақлықларына байланыслы мәмлекетимиз басшысының тийисли тапсырмасынан соң, Президент Администрациясының басшысы Сардор Умурзаков усы мәселе бойынша сын көзқарастан мәжилис өткерди.
Онда барлық мектеп сабақлықларын комплексли тексериўден өткериў, олардағы қәте ҳәм кемшиликлерди анықлаў, сапасын жақсылаў бойынша Президент Администрациясы, Халық билимлендириў министрлиги, Тәлим сапасын қадағалаў инспекциясы ҳәм және бир қатар шөлкемлердиң жуўапкер ўәкиллеринен ибарат үлкен жумысшы топар дүзилди.
Есап палатасы, Монополияға қарсы гүресиў комитети ҳәм Халық билимлендириў министрлигине 1 ай мүддетте сабақлықларды таярлаў, басып шығарыў, өзине түсер баҳасы ҳәм тарқатыў системасын сын көзқарастан көрип шығыў, мәмлекетлик буйыртпаның орынланыўының ашық-айдын ҳәм нәтийжели системасын енгизиў ўазыйпасы белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги