Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитарлық илимлер илимий-изертлеў институты директорының орынбасары Мақсет Қарлыбаев «XVIII-XX әсирдиң басларында қарақалпақларда ислам: тарийхый, социаллық, этникалық ҳәм генеалогиялық контекстлер» темасында,
Институттың Этнография бөлими баслығы Земфира Қурбанова «Қарақалпақлардың дәстүрий кийим-кеншеклери (XIX әсирдиң ақыры – XX әсир)» темасында және Институттың Тарийх бөлиминиң үлкен илимий хызметкери
Сабит Нуржанов «Қарақалпақстанның күнделикли баспасөз тарийхы (1924-1953-жыллар)» темасында тарийх илимлериниң докторы (DSc) диссертациясын табыслы қорғады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги