Усы жылдың 20-июль күнинен баслап республикамыздағы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына екинши ҳәм оннан кейинги жоқары мағлыўмат бойынша оқытыўға талабанлардан арзалар Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң ikkinchitalim.edu.uz платформасы арқалы онлайн тәризде қабылланып баслаған еди.
Бүгин, 10-август күни усы процесс жуўмақланады, яғный, бүгин екинши қәнигеликке ҳүжжет тапсырыўдың соңғы күни болып есапланады.
Талабанлар көрсетилген платформа арқалы:
– өзиниң паспорт мағлыўматлары, физикалық тәрептиң жеке идентификациялық номери ҳаққындағы мағлыўматларды киргизеди;
– диплом ҳәм оның қосымшасының электрон нусқасын жүклейди;
– сондай-ақ, оқыўды мақсет еткен жоқары оқыў орны ҳәм тәлим бағдарын сайлайды.
Бул процессте сырт еллердиң оқыў орынларының 1992-жыл 1-январьдан кейин берилген дипломлары белгиленген тәртипте нострификациядан өткерилген болыўы керек.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, екинши ҳәм оннан кейинги жоқары мағлыўмат бойынша оқытыў төлемли контракт тийкарында әмелге асырылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.