USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Екшемби, 24 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Қарақалпақстан Республикасы аймағында айрықша жағдай енгизиў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 93-статьясы 19- бәнтине ҳәм «Айрықша жағдай ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамының 5-7-статьяларына муўапық:

  1. Пуқаралардыңқәўипсизлигин тәмийинлеў, олардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, нызамлылық ҳәм ҳуқық – тәртибин тиклеў мақсетинде 2022-жыл 3-июль күни саат 00:1 ден 2022-жыл 2-август күни 00:00 шекемги болған дәўирде айрықша жағдай енгизилсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы аймағында айрықша жағдайдың әмел етиў дәўиринде саат 21:00 ден 07:00 шекем комендантлық сааты енгизилсин.
  3. Айрықша жағдайдың әмел етиўи дәўиринде Қарақалпақстан Республикасы аймағының комендатурасы шөлкемлестирилсин ҳәм оған «Айрықша жағдай ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамында нәзерде тутылған барлық ўәкилликлер берилсин.

Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясының сәркардасы Рустам Мирзаевич Джураев Қарақалпақстан Республикасы аймағының коменданты етип тайынлансын.

  1. Айрықша жағдай әмел етиўи дәўиринде төмендеги илажлар ҳәм ўақтынша шеклеўлер орнатылсын:

а) жәмийетлик тәртипти, оғада әҳмийетли ҳәм категорияланған объектлерди ҳәм халықтың турмыслық ҳәрекетин тәмийинлейтуғын инфраструктура объектлерин қорғаў күшейтилсин;

б) Қарақалпақстан Респпубликасында ҳәрекетлениў еркинлиги, соның ишинде транспорт қураллары ушын шекленсин;

в) физикалық тәреплердиң шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер тексерилиўи, олардың жеке тексериўден өткерилиўи, олардағы затлар ҳәм транспорт қураллары көзден өткерилиўи тәмийнленсин;

г) Қарақалпақстан Республикасына кириў ҳәм оннан шығыў шекленсин;

д) тыныш мәжилислер, кеўилашар, спорт ҳәм басқа да ғалаба илажлар шөлкемлестирилиўи ҳәм өткерилиўи қадаған етилсин;

е) юридикалық тәреплердиң жумысын тоқтатып турыў ямаса сапластырыўға қаратылған ис таслаўлар ҳәм басқа ҳәр қандай ҳәрекетлер қадаған етилсин;

ж) қурал, оқ-дәрилер, жарылыўшы затлар, арнаўлы қураллар, зәҳәрли затлардың сатылыўы қадаған етилсин, сондай-ақ, дәри ҳәм нәшебентлик затлар, психотроп затлар, прекурсорлар ҳәм этил спирти менен алкоголь өнимлери айланысының айрықша тәртиби енгизилсин;

з) физикалық тәреплерден қурал ҳәм оқ-дәрилер, зәҳәрли затлар, юридикалық тәреплерден болса қурал, оқ-дәрилер ҳәм зәҳәрли затлар менен бир қатарда әскерий ҳәм оқыў-әскерий техника, жарылыўшы ҳәм  радиоактив затлардың ўақтынша алып қойылыўы тәмийнленсин.

  1. Айрықша жағдай режими шараятында қолланылатуғын илажлардың әмелге асырылыўы ушын жуўапкер етип Қарақалпақстан Республикасы аймағы комендатурасы, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги, Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм ҳәрекет етиў мәмлекетлик системасына киретуғын басқа да мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң күшлери ҳәм қураллары белгиленсин.
  2. Пуқаралардың турмысы ҳәм денсаўлығы ушын анық қәўип, ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлерине ҳүжим жасаў, олардың қурал ҳәм техникасын ийелеп алыў жағдайларын инабатқа алып, сондай-ақ, «Айрықша жағдай ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамының 23-статьясына муўапық төмендеги ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң күшлери ҳәм қураллары қосымша түрде тартылсын:

айрықша жағдай енгизилген аймаққа кириў ҳәм оннан шығыўдың айрықша режимин тәмийинлеў;

халықтың турмыслық ҳәрекетин ҳәм траспорттың ҳәрекетлениўин тәмийинлейтуғын объектлерди ҳәм инсанлардың өмири менен денсаўлығын, сондай-ақ, қоршаған орталық ушын жоқары қәўип туўдыратуғын объектлерди қорғаў;

қурал, әскерий ҳәм арнаўлы техника қолланылған ҳалда зорлық ҳәрекетлери менен бирге жүз беретуғын соқлығысыўларда қатнасып атырған қарама-қарсы гүресип атырған тәреплерди ажыратыў;

нызамға қарсы қураллы структуралардың жумысына шек қойыўда қатнасыў;

Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм ҳәрекет етиў мәмлекетлик системасының күшлери қурамында айрықша жағдайдың ақыбетлерин сапластырыўда, сондай-ақ, адамлардың өмирин сақлап қалыўда қатнасыў.

  1. Комендант Р.М.Джураев мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы аймағында қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм ҳуқық тәртибин сақлаў, сондай-ақ, «Айрықша жағдай ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамы талапларына муўапық басқа илажларды әмелге асырыў ушын барлық зәрүр илажларды көрсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Бас Прокуроры Н.Т.Йўлдошев усы Пәрман менен орнатылған илажлар ҳәм ўақтынша шеклеўлердиң әмелге асырылыўында нызамлылыққа әмел етилиўин тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң резерв фонды ҳәм басқа да мәмлекетлик дәреклерден айрықша жағдай режимин тәмийинлеў ушын зәрүр қаржыларды ажыратсын.
  4. Усы Пәрман 2022-жыл 3-июль күни саат 00:01 ден баслап күшке киреди ҳәм ғалаба хабар қуралларында дәрҳәл жәрияланыўы шәрт.
  5. Усы Пәрман Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына тастыйықлаў ушын жиберилсин.
  6. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Махмудовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 2-июль