Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Салық нызамшылығы талапларын жеңиллестириў ҳәм салық ҳәкимшилигиниң жаңа механизмлерин нәтийжели енгизиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў арқалы исбилерменлик субъектлериниң салық жүгин азайтыў ҳәм бизнес жүргизиўди әпиўайыластырыў мақсетинде:
- 2022-жыл 1-июльден бос турған имаратлар, пайдаланылмай атырған өндирис майданлары, жасаў ушын мөлшерленбеген объектлер, сондай-ақ, тамамланбаған қурылыс объектлерине (пайдаланылмай атырған объектлер) және усы объектлер менен бәнт болған жер участкаларына мүлк ҳәм жер салықларының арттырылған ставкаларын қолланыў, салық жеңилликлери ҳәм преференциялардың әмел етиўин тоқтатыў тәртиби (тәсиршең салық мезанизми) бийкар етилсин.
- 2023-жыл 1-мартқа шекем:
есап бет-фактураларда ямаса қадағалаў-касса техникасы шеклеринде алынған товарлар (хызметлер) номенклатурасына ямаса жумыстың өзине тән өзгешеликлерине ҳәм әмелге асырылатуғын түрлерине муўапық болмаған идентификация кодларын сәўлелендиргени ушын қаржылай жәрийма салынбайтуғыны;
хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен тийкарғы қураллар, материаллық емес активлер ҳәм товар-материаллық ресурсларды есапқа алыў(сатып алыў (қурыў), иске қосыў, қайта баҳалаў, ийелик етиў) ҳәм өз устав фондын (устав капиталын) қәлиплестириў ҳәм азайтыўға байланыслы барлық операцияларды салық уйымларының «Е-актив» мәлимлеме системасында сәўлелендириў еркин болып есапланатуғыны белгиленсин.
- 2022-жыл 1-июльден сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
мәжбүрий түрде қосымша қун салығы төлеўшиси сыпатында тән алынатуғын исбилерменлик субъектлерине қосымша қун салығы бойынша арнаўлы дизимнен өткерилгенлиги ҳаққында гүўалық салық қәўпи дәрежесине анықлық киргизилмей турып автоматикалық түрде бериледи. Онда исбилерменлик субъектлериниң жумысы салық уйымлары тәрепинен мониторинг етип барылады ҳәм мониторинг даўамында салық қәўпи жағдайларының анықланыўы қосымша қун салығы бойынша арнаўлы дизимнен өткерилгенлиги ҳаққында гүўалықтың әмел етиўин тоқтатып қойыўға тийкар болады;
салық қәўпиниң жоқары дәрежесине ийе салық төлеўшилердиң қосымша қун салығы бойынша арнаўлы дизимнен өткерилгенлиги ҳаққында гүўалықтың әмел етиўи ҳаққында салық уйымлары тәрепинен бес жумыс күни алдын хабарнама жиберилгеннен соң және усы мүдетте кемшиликлер сапластырылмаған жағдайда тоқтатып турылады (буған әмелге асырылып атырған келисимлер (операциялар) сатып алынып атырған ҳәм реализацияланып атырған товарлар (хызметлер) номенклатурасына муўапық келмеўи ямаса салық төлеўши мәмлекетлик дизимнен өткерилген мәнзилде жоқ болғанлығы жағдайлары кирмейди).
- Мәмлекетлик салық комитети Қаржы министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:
Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети жанындағы исбилерменлик субъектлери, илимий топарлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллеринен ибарат Жәмийетлик кеңестиң додалаўларында көтерилген мәселелер тийкарында салық ҳәкимшилигин және де жетилистириў бойынша ҳәр шеректе Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин ҳәм салық уйымларының мәлимлеме системаларын жетилистирип барсын;
усы пәрманның мазмун-мәниси, сондай-ақ, салық ҳәкимшилигинде енгизилген соңғы өзгерислер ҳаққында халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине кеңнен түсиндириў жумысларын, соның ишинде, ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет тармағы арқалы системалы түрде шөлкемлестирсин;
еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы Ш.Д.Кудбиев белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 28-июнь