Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Мәмлекетимизде сөз ҳәм баспасөз еркинлигин раўажландырыў, халқымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда ашық-айдынлық принциплерин беккемлеў, жәмийетлик қадағалаўды күшейтиўге қаратылған демокартиялық реформаларды әмелге асырыўда белсендилик көрсетип киятырғаны, глобал мәлимлеме майданында миллий мәплеримизди қорғаў, елимиздеги дөретиўшилик ҳәм жаңаланыў процесслерин, ерисилип атырған жетискенликлерди кеңнен үгит-нәсиятлаўдағы үлкен хызметлери, тараў ушын маман профессионал кадрларды таярлаў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаў бағдарындағы нәтийжели жумысы, сондай-ақ, жәмийетлик турмыста белсене қатнасқаны ушын төмендегилер ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықлансын:
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
«Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист» ҳүрметли атағы менен
Матякубова Назира Тохтабаевна – Қарақалпақстан Республикасы «Қорақалпоғистон тонги» газетасының бас редакторы
II дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени менен
Сейданова Лала Алмуратовна – Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясының «Қарақалпақстан» телеканалы жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық бағдарламаларының бас редакторы
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ